Усы жылдың 21-24-ноябрь күнлери Президент жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги тәрепинен Қарақалпақстан Республикасында социаллық қорғаў тараўында әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша үйрениўлер алып барылған еди.

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде өткерилген мәжилисте усы үйрениўлер нәтийжеси қарап шығылды.

Мәжилисте Президент пәрманы менен қабыл етилген “Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай” бағдарламасында социаллық хызметлердиң көлемин кеңейтиў, сондай-ақ, майыплығы болған шахсларды социалластырыў, жетимликтиң алдын алыў, жетим ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларға индивидуал қатнас тийкарында шаңараққа жақын орталықта ғамқорлық көрсетиў ҳәм тәрбиялаў ўазыйпаларының әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Атап өтилген бағдарлар бойынша жумысларды еле де жетилистириў, жылдың ақырына шекем белгилеп берилген реже ҳәм ўазыйпалардың толық орынланыўын тәмийинлеў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.

Мәжилисте барлық район (қала) студияларынан тийисли жуўапкерлер қатнасты.

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы