2023-жыл 27-ноябрь күни Хожели районында Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Бюджеттен тысқары Пенсия қоры Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм Хожели районы ҳәкимлиги менен биргеликте семинар шөлкемлестирилди.

Семинарда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 10-ноябрь күнги “Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри” мәлимлеме системасы арқалы кем тәмийинленген шаңарақларды анықлаў ҳәм оларға Социаллық напақалар тайынлаў бойынша электрон тәризде арза бериўди енгизиў ис-илажлары ҳаққында”ғы 596-санлы Қарарының мазмун әҳмийети ҳәм мақсети түсиндирилди.

Сондай-ақ тараў қәнигелери тәрепинен Қарарға киритилген өзгерис ҳәм қосымшалар, арза, акт үлгилери ҳәм киритилген өзгерислерди пуқараларға ҳуқықый тәрептен дурыс ҳәм түсиникли етип жеткериўдиң механизмлери айтып өтилди.

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы