Социаллық қорғаў миллий агентлиги тәрепинен “Инсан” социаллық хызметлер орайларында социаллық хызметлерди көрсетиў бойынша ўазыйпа ҳәм функцияларды әмелге асырыў ушын волонтёрларды қамтыў белгиленген еди.

Дәслеп эксперимент тәризинде жумыс баслаған Беруний ҳәм Хожели районы “Инсан” социаллық хызметлер орайларында Волонтёрлар искерлигин жолға қойыў мақсетинде дизимнен өткен волонтёрлар ушын оқыў-семинары өткерилди.

Семинар даўамында “Инсан” орайларында волонтёрлардың алып баратуғын хызмет ҳәм ўазыйпалары, ҳуқық ҳәм миннетлемелери бойынша кең түсиниклер берилди.

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы