Әдиллик министрлиги тәрепинен усы жылдың 20-октябрь күнинен 20-ноябрь күнине шекем “Майыплығы болған пуқаралардың ҳуқықларын қорғаў” бойынша ҳуқықый акция жәрияланды.

Ҳуқықый акция шеңберинде Бозатаў районы Әдиллик бөлими, Ишки ислер бөлими ҳәм “Инсан” социаллық хызметлер көрсетиў орайы тәрепинен “Көксуў” АПЖ аймағында жасаўшы майыплығы болған пуқаралардың ҳалынан хабар алынды.

Бозатаў районы Әдиллик бөлими баслығы Н.Тайров тәрепиен майыплығы болған пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеў оларға жаратылған имканиятлар ҳаққында, соның менен бирге жаңаланған Конституция ҳәм ондағы инсан мәпин гөзлеп киргизилген өзгерислер, сол тийкарда мәмлекетимизде алып барылып атырған кең көлемли реформалардың мазмун-мәниси кеңнен түсиндирип өтилди.

Буннан соң, пуқаралардың мүрәжатларына тийкар еситиў қурылмасы, майыплық арабашасы ҳәм қолтық таяқлары тапсырылды.

Дерек: Әдиллик жаңалықлары