Бүгинги күнде мәмлекетимизде инсан қәдири, оның ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў, социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж инсанларға ғамхорлық көрсетиў мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларының бирине айланды.
Усы тийкарда “3-декабр – Халықаралық майыплар күн”и мүнәсибети менен Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети “Физика” факультети жәмәәти Нөкис мүриўбет ҳаяллар интернат үйинде болды.
Факультет жәмәәти бул жердеги кеўли ярым, меҳирге, социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж инсанлардың жасаў шараяты менен жақыннан танысып, олар менен сәубетлесиў алып барды. Сәўбетлесиў барысында оларға байрам мүнәсибети менен саўғалар тапсырды.
Дерек: KARSU.uz
Отправить комментарий
Отправить комментарий