Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлимине компьютер қәнийгеси Ерниязов Хожаниязға жәмийетте қылған жумысларын ҳәм жас шаңарақ екенин есапқа алып “8-Декабрь – Өзбекстан Республикасы Конституциясы” байрамы менен 2 ханалы үй саўға қылынды.

Биз Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевқа Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими атынан өз миннетдаршылығымызды билдиремиз.

Видео YouTube:

Дерек: Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы
Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими