Қараөзек районындағы биринши сектор аймағындағы «Ак.С.Камалов» АПЖ аймағында жасаўшы Мырзақов Аманбай ағаның шаңарағы өзгелер жәрдемине мүтәж екенлигине байланыслы район ҳәкимлиги тәрепинен қәўендерликке алынған.

Шаңарақтың жағдайы усы жылдың апрель айында район ҳәкими тәрепинен үйренилип, жасайтуғын жайының тозыўы жетиўи, оның майыплылығы есапқа алынған ҳалда май айынан баслап тазадан жай салыў ушын райондағы бир қатар қәўендер шөлкемлердиң жәрдеминде қурылыс жумыслары баслап жиберилди.

Ҳәзирги ўақытта оның турақ жайы заманагөй усылда исленип, 4 ханалы етип қурып питкерилди. Район ҳәкимлигиниң бир қатар ўәкиллери Аманбай ағаның шаңарағында болып, оны қутлықлады ҳәм  қурылысшылар менен қәўендерлерге район ҳәкимлигиниң ҳүрмет жарлықлары тапсырылды.

Дерек: Karakalpakstan.uz