“Дослық үйи”нде Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Ҳаялларды реабилитация қылыў ҳәм бейимлестириў Қарақалпақстан Республикасы  аймақлық бөлими ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги менен биргеликте “Зорлық қылған шахслар менен ислесиў принcиплери” темасында семинар шөлкемлестирилди.

Семинарға бирге ислесиўши мәкеме ҳәм шөлкем ўәкиллери қатнасты. Дәслеп, Ҳаялларды реабилитация қылыў ҳәм бейимлестириў Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими тәрепинен 2023-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслар додаланып, ҳаялларды басым  ҳәм зорлықтан қорғаўда бирге ислесиўши шөлкемлер менен бирге ислесиўдиң жақсы жолға қойылғанлығы айрықша атап өтилди.

Семинардың 2-бөлиминде “Зоом” платформасы арқалы ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласындағы Ҳаялларды реабилитация қылыў ҳәм бейимлестириў аймақлық бөлимлери қатнасып, усы бағдарда Қарақалпақстан Республикасында әмелге асырылған жумыслар үлги сыпатында көрсетилип, “Қарақалпақстан тәжирийбеси” енгизилди.

Сондай-ақ алдағы алып барылатуғын жумыслардың режелери дүзип алынды.

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы