Дүньяда инсанлардың бир-бирин қәдирлеўи, қуўаныш ҳәм қайғысын бөлисиўи, ғамқорлық көрсетиў, ҳал-жағдайынан хабар алыў, инсанға тән пазыйлетлерден болып саналады.

Майыплар күни мүнəсебети менен социаллық жəрдемге мүтəж ҳəм майыплығы болған пуқараларға район ҳәкимлиги тәрепинен ҳүрмет-иззет көрсетилип, байрам дәстурханы жайылды. 

Илажға Қараөзек район ҳәкими У.Утамбетов ҳәм қәўендер шөлкем басшылары қатнасып, бәрше қатнасыўшыларды сәне мүнәсебети менен қутлықлап, шаңарақларына аманшылық, өзлерине беккем ден-саўлық тиледи.

Буннан соң, бир қатар майыплылығы болған пуқаралардың шаңарақларында болып, ҳал-жағдайларынан хабар алынып, майыплар арбашасы ҳәм азық-аўқатлық өнимлер тапсырылды. Байрам илажы, йошлы концерт бағдарламалары менен узақ даўам етти.

Дерек: Қараөзек районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети