Ҳәптениң ең тийкарғы ҳәм әҳмийетли мәселелери ҳаққында мағлыўмат берип барыўшы “Сиясий саат”қа Басқарма ҳәм район (қала)лардағы “Инсан” социаллық хызметлер орайлары хызметкерлери қатнасты.

Дәслеп, мәмлекетимиз ҳәм сырт элде жүз берип атырған эң әҳмийетли ўақыялар, әмелге асырылған илажлар, сондай-ақ өткен ҳәптеде Республикамызда өткерилген “Жәдидлер” илимий конференциясы ҳаққында мағлыўматлар тыңланды.

Соң Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы филиалы бас инспекторы Н.Қутлымуратова тәрепинен “Мәмлекетлик пуқаралық хызметшилериниң әдеп-икрамлық қағыйдалары” ҳаққындағы презентаcиясы өткерилди.

Онда әдеп-икрамлық қағыйдаларының мақсети, кәсиплик мәденияты, жумыс ўақтында ҳәм жумыстан тысқары ўақытта минез-қулықтың улыўма қағыйдалары, сондай-ақ коррупcияға қарсы гүресиў, нызамбузыўшылықларға жол қоймаў мәселелерине кең түрде тоқталып өтти.

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы