2023-жыл 22-декабрь күни Нөкис қаласы «Дослық үйи» киши конференц-залында Өзбекстан Төрешилик Судлары Ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы филиалының “Ҳуқуқый мәлимлеме жолында” атамасындағы мәмлекетлик грант жойбарын әмелге асырыў шеңберинде мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлериниң баслықлары ҳәм ўәкиллериниң хуқуқый көникпелерин арттырыў мақсетинде шөлкемлестирилген семинар-тренинги болып өтти.

Семинарға Нөкис қаласы ҳәм жақын районлардан 25 мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери ҳәм Ғалаба хабар қураллар ўәкиллери ҳәм MEHRTILSIMIblogspot.com – Социаллық-ҳуқықый сайты редакторы, “Disability Rights” – Майыплығы болған шахслар ҳуқықы Арнаўлы топламы телеграм каналы тийкаршысы ғәрезсиз эксперт Саламат Авезов қатнасты.

Бул жойбар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси жанындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқада институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фондының қоллап-қуўатлаўы нәтийжесинде әмелге асырылмақта.

Видео: YouTube

Дерек: Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы
Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими