“Инсан” социаллық хызметлер орайлары хызметкерлери мәмлекет пуқаралық хызметкерлери ушын өткерилетуғын бүгинги күнниң ең әҳмийетли темалары ҳаққында мағлыўмат берип барыўшы “Сиясий-ағартыўшылық сааты”на қатнасты.

Онда хызметкерлер Инсан ҳуқықлары бойынша деклараcиясының 75 жыллығын кең нышанлаў шеңберинде Өзбекстанда әмелге асырылып атырған илажлар ҳәм сондай-ақ елимизде ҳәм жәҳәнде болып атырған әҳмийетли жаңалықлар менен танысты.

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы