Бозатаў районы Жаслар орайы имаратында “3-декабр – Халықаралық майыплар күни" байрамы мүнәсибети менен имканияты шекленген пуқаралар арасында спорттың шахмат, шашка түрлери бойынша жарыс өткерилди.

Жарыс жуўмағында жеңимпазлар анықланып, оларға Өзбекстан Республикасы көзи әззилер жәмийети Қарақалпақстан Республикасы Бозатаў районлық бөлими ҳәм O’zLiDeP Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал демократиялық партиясының Бозатаў районлық Кеңеси тәрепинен таярланған саўғалар тапсырылды.

Дерек: Бозатаў районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети