O’zLiDeP Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси ҳәм кеўилли жаслар (Волонтёрлар) басламасы менен жаңа жыл байрамы алдынан қайырқомлық ярмаркасы шөлкемлестирилди.

Ярмарканы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси комитет баслығы Ш.Өтемисов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы кәмбағаллықты қысқартырыў ҳәм бәнтлик министри  O’zLiDeP  Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығы С.Турмановлар ашып берди.

Ярмаркада тийкарынан Өзбекстан арнаўлы олимпиядасы жәмийетлик бирлеспеси Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң ағзалары, имканияты шекленген инсанлар тәрепинен қол мийнети менен исленген ҳәр түрли буйымлар сатылды.

Сатыўдан түскен пуллар, олардың саламатлығына пайдалы спорт пенен шуғылланыўлары ушын, спорт инвентарларын алып бериў мақсетинде жумсалады.

Қайырқомлық кешесинде имканияты шекленген инсанлар менен туўры мүнәсибет жасаў, оларға қалай жәрдем көрсетиў бойынша презентация, имканияты шекленгенине қарамастан қол өнери менен шуғылланып атырғанлар тәрепинен аяқ ойынлары ҳәм концерт дәстүри, өнермент ҳәм художниклар тәрепинен  шеберлик сабақлары шөлкемлестирилип, онда  миллий тақыншақларды ислеў процесси ҳәм эко сумкалар таярлаў процесси болып өтти.

Дерек: O’zLiDeP Қарақалпақстан
Республикалық Кеңеси