Инсан қәдири ҳәм мәплери жоқары туратуғын бизиң елимизде бул бағдарды еле де жетилистириў бойынша избе-из үлкен ислер әмелге асырылып келинбекте. Президентимиздиң “Халыққа сапалы социаллық хызмет ҳәм жәрдем көрсетиў ҳәм оның нәтийжели қадағалаў системасын жолға қойыў бойынша комплекс илажлар ҳаққында” ғы арнаўлы Пәрманы менен Өзбекстан Республикасы Президенти жанында Социаллық қорғаў миллий агентлиги, сондай-ақ оның Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы басқармалары, район (қала) ларда “Инсан” социаллық хызметлер орайлары шөлкемлестирилди.

Усы жылы республикамыздың Хожели ҳәм Беруний районларында эксперимент сыпатында усы орай ашылып, жумыс алып бармақта. Денсаўлығы бойынша ямаса социаллық жақтан аўыр турмыслық шараятқа түсип қалған шаңарақлар менен ислесиў жолға қойылмақта.

– 2024-жыл 1-январьдан баслап Агентлик қурамына Денсаўлықты сақлаў министрлиги системасындағы балалар үйлери, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги системасындағы меҳрибанлық үйлери киреди.

Атқарыўшы ҳәкимияты уйымлары системасынан жас өспиримлер менен ислесиў секторлары ҳәм шаңарақлық балалар үйлери қамтып алынады. Сондай-ақ, “Меҳир дәптери”, “Сақаўат ҳәм көмек”, “Жаслар дәптери”, ҳәм “Ҳаяллар дәптери” арқалы көрсетилетуғын социаллық жәрдем ҳәм көмеклер биргеликте алып барылады.

Өз алдына билимлендириўге мүтәжлиги бар болған балалар ушын қәнигелестирилген мектеплер ҳәм мектеп интернатлары, көп тармақлы қәнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери, имканиятлары шекленген шахслар ушын қәнигелестирилген кәсип-өнер мектеплери агентлик қурамына қамтып алынады. Ишки ислер министрлиги системасынан турақлы жасаў орнына ийе болмаған шахсларды реаблитация қылыў орайлары ҳәм экономика ҳәм финанс министрлиги қурамынан социаллық қамсызландырыў фонды Агентлик структурасына өткериледи дейди, – Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баспасөз хаткери Парахат Қазақбаев.

Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң баслы ўазыйпаларының бири–социаллық қорғаўға мүтәж шахслардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм оларды қоллап-қуўатлаўдан ибарат. Социаллық қорғаўға мүтәж шахслар нызамшылыққа бола өзгелер күтиминен мүтәж жалғыз кекселер, аўыр кеселликке шалынғанлар, кем тәмийинленген шаңарақлар ҳәм жетим, ата-ана қарамағынан айырылған балалар киреди. Сондай-ақ, ҳәзирги ўақытта сийрек болса да ушырасып атырған ата-аналық ҳуқықынан айырылмастан перзентлери алып қойылған ата-аналар, ата-анасы миграцияға кеткен балалар, басым ҳәм зорлыққа ушыраған шахслар ҳәм олардың ержетпеген перзентлери киреди. Усы категориядағы шахсларға мәҳәллелерде социаллық хызметкерлер хызмет көрсетеди. Олардың тийкарғы ўазыйпалары ҳәр бир үйдиң жағдайын үйренип, шаңарақлардағы жағдай ҳәм олардың социаллық хызметлер ҳәм жәрдемге болған мүтәжлигин баҳалайды.

Олардың жуўмағы менен индивидуал тәртипте социаллық хызметлер ҳәм жәрдемлер көрсетиў режеси ислеп шығылады. Сол шахс атынан социаллық хызмет ҳәм жәрдемлерден пайдаланыў ушын сораўнама (арза) киритеди. Усы орында ишки ресурсларды яғный (туўысқанлар, қоңсы-қобалар, волонтёрлар) қамтып алып олардың искерлигин муўапықластырады. “Мәҳәлле жетилиги” менен биргеликте машқалаларды шешиў бойынша илажлар көреди. Кең түрде түсиниклер береди, соның менен бирге усы категориядағы шахсларға үйлеринде турмыслық социаллық хызмет көрсетиў ушын социаллық хызметкер ассистентлери жумысы да жолға қойылған. Олар көрсетилген шахсларға азық-аўқатлар, дәри-дәрмақларын сатып алыў ҳәм үйине жеткерип бериўде жақыннан жәрдем береди. Гигиеналық жумысларында ҳәм аўқат таярлаўында көмеклесиўди жолға қойған. Ҳеш бир инсан усы агентлик ўәкиллери арқалы дыққат-итибардан шетте қалмаўы тәмийинленеди. Аўыр турмыслық жағдайларды жеңип өтиўге қол созыўшы агентлик жумысларынан үлкен саўаплы ислердиң гүўасы боламыз, деп исенемиз.

Жумагүл ЕМБЕРГЕНОВА,
Өз хабаршымыз.

Дерек: Qaraqalpaqstan Jasları gazetası