Бириншиден, мәлим бир сәнеде халықтың анық саны (жасы ҳәм жынысы қурамы, пуқаралығы, миллий қурамы (кең қамтылған), барлық елатлы пунктлери бойынша саны, шаңарақ жағдайы, мағлыўмат дәрежеси, турақ-жай менен тәмийинленгенлик дәрежеси, мийнет ресурслары, экономикалық актив халық, халық бәнтлиги (кәсиби ҳәм қәнигелиги) ҳәм жумыссызлығы, дәрамат алыў дәреклери, майыплығы бойынша толық мағлыўмат алынады.

Екиншиден, халық жан басына макроэкономикалық көрсеткишлерди есаплаўда (жалпы ишки өним, халық дәраматлары, санаат өними көлеми, тутыныў өнимлери көлеми, халыққа көрсетилетуғын хызметлер көлеми, аўыл хожалығы өнимлери) ислетиледи.

Үшиншиден, халық миграциясы туўралы мағлыўматлар қәлиплестиреди.

Төртиншиден, Республика ҳәм аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў, халық бәнтлиги, ҳаяллар ҳәм балалар саламатлығын жақсылаў ҳәм шаңарақларға жәрдем көрсетиў бойынша бағдарламаларды мәнзилли ислеп шығыўда мағлыўмат ретинде пайдаланылады.

Бесиншиден, статистика кеңселери тәрепинен шөлкемлестирилетуғын таңлама гүзетиўлерди шөлкемлестириўде мағлыўматлар базасы ретинде қолланылады.

Алтыншыдан, Миллий турақлы раўажланыў мақсетлерин әмелге асырыў көрсеткишлерин қәлиплестириў ҳәм мониторингин жүргизиўде хызмет етеди.

Жетиншиден, елатлы пунктлердиң инфрасистемасын жақсылаўда, мийнет ресурсларынан пайдаланыў ҳәм жайластырыў бойынша қысқа, орта ҳәм узақ мүддетли прогнозлар, дәстүрлерди ислеп шығыўда пайдаланылады.

Сегизиншиден, Халықаралық шөлкемлер ҳәм пайдаланыўшылар тәрепинен әмелге асырылатуғын анализлер ушын кең қамтылған мағлыўматлар дәреги есапланады.

Бундай мағлыўматлар социаллық-экономикалық процесслерди прогноз қылыў, бәнтлик саласындағы сиясатты белгилеў, социал сиясат ҳәм халық саламатлығы бойынша бағдарламаларды жаратыўда, соның менен бирге мәмлекет ҳәкимияты шөлкемлериниң ўазыйпаларын орынлаўы, пән ҳәм жәмийетти мағлыўмат пенен тәмийинлеў ушын зәрүр болып табылады.

Аббаз Абдиганиев,
Қарақалпақстан Республикасы Статистика
басқармасы бас қәнигеси.

Дерек: Qaraqalpaqstan Jasları gazetası