“Майыплығы болған шахслардың ҳуқықларын қорғаў күни”, “Коррупсияға қарсы гүресиў күни”, “Инсан ҳуқықларын қорғаў күни” ҳәм Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы қабыл етилген күнлерди де белгилеймиз.

“Тыныш елге байрамлар жарасады” деген уран астында Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигинде өткерилген байрам илажында Ташкент қаласынан келген “Үгит-нәсият поезди”, яғный Ташкент мәмлекет юридикалық унивирситети студентлери, мәмлекетлик емес коммерcиялық емес шөлкемлер, Қарақалпақ мәмлекет университети юридикалық факултетиниң “Street Law” клубы ҳәм Юридика техникуминың “Әдиллик қанатлари” клубы ағзалары да қатнасты.

Илажды Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министриниң биринши орынбасары А.Пренов ашып берди ҳәм келгенлерди елимизде өткерилип атырған ҳәм декабр айында даўам ететуғын барлық байрамлар менен қутлықлады.

Илажда қатнасқан бир қатар мәмлекетлик емес коммерcиялық емес шөлкемлер “Ҳүрмет жарлығы” менен сыйлықланды.

Илаж даўамында майыплығы болған балалар қатнасыўында “Реңли сүўрет таңлаўы” да өткерилип, олардың гирбиңсиз кеўилиндеги меҳирли илҳәмы ақ қағазда түсирилди.

Таңлаў қатнасыўшылары саўғалар менен де сыйлықланып, олар ушын таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Дерек: Әдиллик жаңалықлары