Усы жылдың 22-25-декабр күнлери Ташкент қаласында пара спорт түрлеринен өткерилген Өзбекистан Чемпионатында Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информаcиялық технологиялары университети Нөкис филиалы "Компютер инжиниринги" факултети студенти Шаниязов Айтуўған спорттың "Пара жүзиў" бойынша түринен төмендеги нәтийжелерге еристи.

– 100 метрге шалқасына жүзиўде 2-орынды;

– 100 метрге баттерфляй жүзиўде 2-орынды;

– 200 метрге комплекс жүзиўде 3-орынды иелеп, жәми 3-медал қолға киргизди.

Шаниязов Айтуўғанды бул жетискенликлери менен қутлықлаймыз. Алға талпынып, еле де бийик шоққыларға, үлкен жеңислерге жетисе бериўин тилеп қаламыз.

Дерек: Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы
ТИТУ Нөкис филиалы Баспасөз хызмети.