Республикамызда пуқаралардың денсаўлығын сақлаў мәмлекет сиясатының тийкарғы жөнелислериниң бири болып, пукаралардың денсаўлығын сақлаў ҳуқықына тиккелей нызам ҳүжжетлери менен кепиллик берилген.

Өзбекстан Республикасы Конституциясының 40-статьясында ҳәр бир адам қәнигели медициналық хызметтен пайдаланыў ҳуқықына ийе екенлиги белгилеп қойылған.

Нызамға муўапық Өзбекстан Республикасы пукаралары денсаўлығын сақлаў бойынша қол қатылмас ҳуқыққа ийе болып, Мәмлекет жасы, жынысы, расасы, миллети, тили, диний мүнәсибети, социаллық келип шығыўы, исеними, жеке ҳәм социаллық аўҳалына қарамастан пуқаралардың денсаўлығы сақланыўын тәмийнлейди ҳәм пукаралардың кеселликлердиң қандай түри менен наўқасланғанлығына қарамастан, оларды кемситилиўлерден қорғайды. Усы қағыйданы бузыўда айыпкер болған шахслар нызамда белгиленген тәртипте жуўапкер болады.

Бул нызам талаплары бойынша пуқаралар наўқасланып қалғанда, мийнет қәбилетин жоғалтқанда ҳәм басқа жағдайларда профилактикалық, диагноз қойыў, емлеў, күш-қуўатын тиклеў, санатория-курорт, протез-ортопедия жәрдеми ҳәм басқа түрдеги медициналық жәрдемлерди, сондай-ақ наўқасларды, мийнетке жарамсыз ҳәм майыплығы болған инсанларды бағып-тәрбиялаў бойынша социаллық илажларды әмелге асырыў ҳәм ўақтынша мийнетке жарамсызлық напақасын төлеўди өз ишине алатуғын медициналык-социаллық жәрдемлерди алыў ҳуқықына ийе.

«Пуқаралар саламатлығын сақлаў ҳаққында»ғы нызамға муўапық мәмлекетлик емлеў-профилактикалық мәкемелери тәрепинен халыққа кепиллик берилген медициналық ҳәм басқа түрдеги жәрдем бийпул көрсетиледи. Мәмлекет тәрепинен кепиллик берилген медициналық жәрдемнен тысқары хызметлер қосымша хызметлер болып есапланады ҳәм белгиленген тәртипте пул төлеў арқалы әмелге асырылады.

1. Қыстаўлы, кешиктирип болмайтуғын тез медициналық жәрдемниң барлық түрлери;

2. Ден саўлықты сақлаў системасының бирлемши буўынын ҳәм бир қатар емлеў-профилактика мәкемелери, биринши нәўбетте аўыллық жерлердеги медициналық мәкемелери болған шаңарақ поликлиникалары, шаңарақ шыпакерлик пунктлери, районлық ҳәм қалалық шаңарақ поликлиникалары, районлық ҳәм қалалық көп тармақлы поликлиникалары ҳәм медицина бирлеспелери (хожалық есабындағы реабилитация ҳәм саламатластырыў бөлимлеринен тысқары);

3. Халықты жуқпалы кеселликлерге қарсы иммунизациялаў ҳәм емлеў;

4. Социаллық әҳмийетке ийе болған ҳәм әтираптағылардың ден саўлығы ушын қәўип туўдырыўшы кеселликлерге ҳәм кәсип кеселликлерине дуўшар болған шахсларға қәнигелестирилген медициналық жәрдем көрсетиў;

5.Балаларды тексериўден өткериў ҳәм емлеў мәселен: балалар емлеўханалары, санаториялары, поликлиникалары, орайлары, бақшалар ҳәм бөлимлер, туўыў үйи комплекслери аналық ҳәм балалық емлеўханалары 15-17 жастағы жас өспиримлер ҳәмде шақырыў комиссияларының жолламалары менен шақырыў жасындағы 18-27 жас шахсларды тексериўден өткериў ҳәм емлеў.

6. Ҳәмиледарларға медициналық хызмет көрсетиў мәселен: жуқпалы кеселликлер емлеўханаларында (клиникалар, емлеўханалар, орайлар ҳәм бөлимлер);

7. Наўқаслардың жеңилликке ийе тайпаларына (майыплар, урыс ветеранлары, шын жетимлер ҳәм басқалар) бийпул медициналық хызметлер көрсетиледи.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарарында амбулатория шараятында емлениўде дәри-дәрмақлар менен жеңиллетилген тәмийнлеў ҳуқықына ийе болған шахслар тайпалары дизими тастыйықланған болып, оған бола амбулатория шараятында емленип атырған айырым кеселлик пенен наўқасларға бийпул дәри-дәрмақлар бериледи.

Мәселен: онкологиялық, туберкулёз, мақаў, руўхый, эндокринологиялық, қантлы ҳәм қантсыз диабет кеселлиги менен аўырғанлар, АИВ кеселлигин жуқтырғанлар. Жүрек клапанын протезлеў ҳәм органларын көшириў бойынша операция исленген шахслар, өзгелер күтимине мүтәж жалғыз пенсионерлер, 1941-1945-жыллардағы урыс майыплары ҳәм қатнасыўшылары, сондай-ақ, оларға теңлестирилген шахслар, 1941-1945-жыллардағы урыс мийнет фронты қатнасыўшылары, Чернобыль атом электростанциясы авария ақыбетлерин сапластырыўда қатнасқан майыплар, интернациональ жаўынгерлер, әскерий хызмети ядро полигонлары ҳәм басқа радиация-ядро объектлеринде хызмет өтеген пенсия жасындағы шахслар дәри-дәрмақлар менен бийпул тәмийнленеди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2003-жыл 26-февраль күнги Пәрманына муўапық Республика қәнигелестирилген медициналық орайларында арнаўлы жолламалар (ордер)ға муўапық мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан бийпул емленетуғын төмендеги жеңилликке ийе шахслардың дизими белгиленген болып, олар балалықтан майыплығы болған шахслар, шын жетимлер, 1-2-топар майыплығы болған шахслар, 1941-1945-жыллардағы урыс майыплары ҳәм қатнасыўшылары, сондай-ақ, оларға теңлестирилген шахслар, 1941-1945-жыллардағы урыс мийнет фронты қатнасыўшылары, жасына бола ислемейтуғын пенсионерлер, Чернобыль атом электростанциясы (АЭС)ндағы авария ақыбетлерин сапластырыўда қатнасқан майыплығы болған шахслар, интернациональ жаўынгерлер, кем тәмийнленген деп табылған шаңарақ ағзалары, Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен тастыйықланған дизим бойынша 18 жасқа толмаған патологиялы балалар, шақырыў комиссиясы жолламасы бойынша шақырыў жасындағы (18–27 жасар) шахслар, Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен тастыйықланатуғын дизим бойынша, патологиялы ҳәмиледар ҳаяллар, эндокринологиялық кеселликлер менен шалынған наўқаслар, жынысый жол менен жуқтырылатуғын кеселликлерге шалынған наўқаслар, туберкулёз кеселлиги менен аўырған наўқаслар, онкология кеселлиги менен кеселленген наўқасларға мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан жеңиллетилген медициналық жәрдемлер көрсетиледи.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2008-жыл 18-март күнги қарарына муўапық шын жетимлер, 1-2-топар майыплығы болған шахслар, балалықтан майыплығы болған шахслар, 1941-1945-жыллардағы урыс майыплары ҳәм қатнасыўшылары, сондай-ақ, оларға теңлестирилген шахслар, 1941-1945-жыллардағы урыс мийнет фронты қатнасыўшылары, жасына бола ислемейтуғын пенсионерлер, Чернобыль атом электростанциясы авария ақыбетлерин сапластырыўда қатнасқан-майыплар, интернациональ жаўынгерлер, кем тәмийнленген деп табылған семья ағзалары, социаллық әҳмийетке ийе кеселликлер менен наўқасланған пуқаралар, шақырыў комиссиясы жолламасы бойынша 15-17 жастағы жас өспиримлер ҳәм шақырыў жасындағы (18-27 жасар) шахслар ўәлаят көп тармақлы медициналық орайларында мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан жеңиллетилген медициналық жәрдем алыў-емлениў ҳуқықына ийе.

Елимизде өткен дәўир ишинде денсаўлықты сақлаў тараўында кең көлемли реформаларды әмелге асырыў барысында көплеген норматив-хуқыкый ҳүжжетлер қабыл етилип, денсаўлықты сақлаў тараўының норматив-ҳуқықый базасы жаратылыўына ерисилди. Өз гезегинде бул қабыл етилген ҳүжжетлер денсаўлықты сақлаў тараўын ҳуқықый тәртипке салыўға ҳәмде пуқаралардың денсаўлықты сақлаў ҳуқықын тәмийнлеўге хызмет етеди.

Д.Аманиязов, Қараөзек районлық юридикалық хызмет
көрсетиў орайы бас юрисконсульты.

Дерек: Qaraqalpaqstan Jasları gazetası