Шоманай районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы баслығы Б.Жуматаев ҳәм тийисли қәнийгелери менен биргеликте «Меҳир ҳәм сақаўат күни» мүнәсибети менен “Айбүйир” мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы II топар майыплығы болған шахс Қадирова Зухра Жумамуратовананы мүтәжлиги бойынша ҳасса таяқ тапсырылды.

Сондай-ақ, "Мәденият" мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы үй шараятында билим алып атырған Мадиярова Эленора Аманбай қызы ҳәм “Тазабар” мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы үй шараятында билим алып атырған Салиев Қуўандық Алиасқар улынан хабар алынып оларға орай тәрепиннен таярланған кийим-кеншеклер тапсырылды.

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы