Инсан қәдирин улығлаў, бир-биреўге меҳир көрсетиў халқымыздың өзине тән ағла пазыйлетлериниң бири. Әсиресе байрам қарсаңында имканияты шекленген, социаллық қорғаўға мүтәж инсанлар ҳалынан хабар алыў, байрам менен қутлықлаў олардың кеўил кейпиятының жоқары болыўына себеп болады.

Усы мақсетте бүгин Шымбай районында жайласқан майыплығы болған ер адамлар ушын арналған “Мүриўбет” үйинде Жаңа жыл байрам кешеси өткерилди.

Байрам илажына Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы С.Данияров, Олий Мәжилистиң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкилиниң (Омбудсманның)  Қарақалпақстан Республикасындағы аймақлық ўәкили Ж.Шлымбетов, Шымбай районы ҳәкими А.Тажетдинов ҳәм сектор баслықлары қатнасты.

Мийманлар “Мүриўбет” үйи даўаланыаўшылары ҳәм ол жерде ислеўши барлық хызметкерлерди Жаңа жыл байрамы менен қутлықлап, оларға байрам саўғаларын тапсырды.

Сондай-ақ илаж шеңберинде Олий Мажилистиң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкилиниң (Омбудсманның)  қоллап-қуўатлаўы менен 4 пуқараға пуқаралығын тастыйықлаўшы ҳүжжетлери тапсырылды.

Илаж мәденият хызметкерлериниң шығыўлары менен даўам етти.

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы