“3-декабрь – Халықаралық майыплар күни” мүнәсибети менен Республикамыздың барлық қала ҳәм районларында район (қала) ҳәкимлиги, “Инсан” социаллық хызметлер орайы, Қарақалпақстан Республикасы  Майыплар жәмийети ҳәм Өзбекстан Республикасы көзи әззилер жәмийети Қарақалпақстан Республикасы басқармасының район (қала)лық бөлимлери ҳәм басқа да шөлкемлер менен биргеликте илажлар өткерилмекте.

Илаж шеңберинде байрам дәстүрханы жайылып, майыплығы болған шахсларға майыплар арбашалары, протез-ортопедия аппаратлары ҳәм саўғалар тапсырылды. Сондай-ақ имканияты шекленген пуқаралардың шаңарақларынан хабар алынып, азық-аўқатлық өнимлери тарқатылды.

Бундай ийгиликли ислер мәмлекетимизде Президентимиз басшылығында “Инсан қәдири ушын” принcипи тийкарында әмелге асырылып атырған жумыслардың әмелдеги көриниси болып табылады.

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы