Балаларға байрам кейпиятын бөлисиў, оларға аз да болса қуўаныш инәм етиў ҳәр бир инсанды еки есе қуўаныш ҳәм бахытқа бөлейди десек алжаспаған боламыз. Себеби, бала күлкисинде дүня қуўанышы, меҳир-муҳаббат, жыллылық жәмленген.

Нөкис қаласында жайласқан “Тумарис” тойханасында имканияты шекленген балалар ушын байрам илажы шөлкемлестирилди.

Илажға Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы С.Данияров қатнасып, балалар ҳәм олардың ата-аналарын киятырған Жаңа жыл мүнәсибети менен қутлықлап, байрам саўғаларын тапсырды.

Өткерилип атырған бундай илажлар балаларға байрам кейпиятын инәм етиў менен бирге, олардың ядында узақ ўақытларға шекем умытылмас демлер сыпатында сақланып қалады.

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы