Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен Нөкис қаласы ҳәм Хожели районындағы арнаўлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери ҳәм мектеп-интернатларында тәрбияланып атырған балалар арасында “Жаңа жылға мениң саўғам” – Ж аңа жыл қутлықлаўларын таярлаў акcиясы өткерилди.

Онда балажанлар қәлем, фломастер, маркер, акварел ҳәм гуаш жәрдеминде Жаңа жыл темасына байланыслы қар бөлекшелери, шырша, шырша ойыншықлары ҳәм қар баба сүўретлерин салып көрсетти.

Нөкис қаласында жайласқан “Имкан” реабилитация орайына ийе мәмлекетлик көп тармақлы қәнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде өткерилген акцияда Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы С.Данияров қатнасты ҳәм балаларды киятырған Жаңа жыл байрамы менен қутлықлады.

Акция соңында белсене қатнасқан балалар саўғалар менен сыйлықланды.

Соны айтып өтиўимиз керек, балалар тәрепинен сызылған бул сүўретлер Социаллық қорғаў миллий агентлиги тәрепинен Жаңа жылда Агентлик қутлықлаўларында сәўлелендириледи.

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы