2024-жыл 10-январь күни Өзбекстан Республикасы Майыплар жәмийети Нөкис калалық бөлими тәрепинен "Дослык уйи" имаратында жәмийетке ағза болған имканияты шекленген балалар ҳәм олардыӊ ата-аналары менен биргеликте байрам мүнәсебети менен мирәт етилип байрам кешеси өткерилди.

Байрам кешемизде «2024-жыл – Жана жыл» атамасында сәўбетлер болды. Имканияты шекленген шахсларымыздын, олардын пикирлерин тынладық. 2023-жыл жуўмағын айтып өтип, 2024-жылды жәнеде жәмийет пенен бирге болыўын, олардыӊ ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўларын айтып өтилди.

Кеше сонында Өзбекстан Республикасы Майыплар жәамийети Қарақалпақстан Республикасы бөлими тәрепинен берилген байрам саўғалары тапсырылды. Ата-аналар тәрепинен алғыслар билдирилди.

Дерек: Өзбекистан мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми
Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими