Бүгин Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының 2023-жылда әмелге асырылған жумыслар, нәтийжелер ҳәм 2024-жылда әмелге асырыў лазым болған тийкарғы ўазыйпалар ҳаққындағы улыўма мәжилиси болып өтти.
Мәжилиске “Инсан” социаллық хызметлер орайы директорлары, қала ҳәм раёнлараралық социал-медиcиналық эксперт комиссиясы баслықлары, Мүриўбет үйи директорлары ҳәм Агентлик системасына кириўши барлық мәкеме ҳәм шөлкем басшылары қатнасты.
Мәжилисти Басқарма баслығы С.Данияров кирис сөз бенен ашып берди ҳәм күн тәртибиндеги мәселелер менен таныстырды. Дәслеп Басқарма тәрепинен 2023-жылда әмелге асырылған жумыслар, нәтийжелер ҳәм 2024-жылда әмелге асырыў лазым болған тийкарғы ўазыйпаларға тоқтап өтилди.
Соның менен бирге өткерилген мәжилис даўамында өз жумысын орынлаўда қәте-кемшиликлерге жол қойғаны ушын бирнеше хызметкерлерге интизамый жаза шарасы қолланылды.
Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы
Отправить комментарий
Отправить комментарий