2024-жыл 18-январь күни Хожели районы 10-санлы улыўма билим бериў мектеби мәжлислер залында Өзбекстан Төрешилик Судлары Ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы филиалының “Ҳуқуқый мәлимлеме жолында” атамасындағы мәмлекетлик грант жойбарын әмелге асырыў шеңберинде Хожели районы «Кулап» аўыл пуқаралар жыйыны турғынлары менен ушырасыў шөлкемлестирилди.

Ушырасыў даўамында халықты қызықтырған ҳәр-қыйлы социаллық ҳәм турмыслақ сораўларына жойбар тренерлери тәрепинен жуўаплар берилди. Ушырасыўға жәми 84 пуқара қанасты.

Бул жойбар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси жанындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқада институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фондының қоллап-қуўатлаўы нәтийжесинде әмелге асырылмақта.

Дерек: Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы
Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими