Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кенесиниң 10-декабрдеги 01-1329-санлы хаты менен жәрдемге мүтәж инсанларды қоллап-қуўатлаў “Меҳир ҳәрекети” акциясы шеңберинде 2024-жыл 4-январь күни Нөкис қаласының биринши супермаркетлердиң бири – Korzinka.uz дүкан хызметкерлери Ықлас Узақбаев ҳәм Нурдәўлет Бекмурзаевлар өзлериниң қайыр ислерини әмелге асырыў мақсетинде Нөкис қаласы “Наўрыз” мәҳәлле пуқаралар жыйынында жасаўшы балалығынан II топар майыбы Саламат Авезовтиң ханаданында мийманда болды.
Ханадан ағзаларыны Жаңа жыл байрамы менен қутлықлады ҳәм жыллы тилеклер билдирилди. Өз нәўбетинде Korzinka.uz дүкан хызметкерлери Ықлас Узақбаев ҳәм Нурдәўлет Бекмурзаевларға Авезовлар шаңарағы атынан миннетдаршылық билдирилип алдағы жумысларына табыслар тиледи.
Саламат Авезов,
Нөкис қаласы.
Отправить комментарий
Отправить комментарий