Бүгинги күнде мәмлекетимизде инсан қәдири, оның ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийнлеў, социаллық қоллап қуўатлаўға мүтәж инсанларға ғамхорлық көрсетиў мәмлекет сиясатының баслы бағдарларының бирине айланды.
Усы тийкарда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети “Физика” факультети тюторлары Г.Бекбаўлиев ҳәм А.Раметовалар Нөкис қаласы 10-санлы “Нурлы мәкан” көзи әззи ҳәм шала көретуғын мектеп интернатында болды.
Тюторлар бул жерде тәрбияланып атырған балалар менен сәўбетлесип, оларға кийим-кеншеклер тапсырды.
Дерек: KARSU.uz
Отправить комментарий
Отправить комментарий