Күни кеше Нөкис қаласында жайласқан Жас тамашагөйлер театрында имканияты шекленген балалар ҳәм жасларды қоллап-қуўатлаw, оларға меҳир-итибар қаратыў, сол арқалы оларда өмирге қызығыўшылықларын оятыў мақсетинде Фаттоххон Мамадалиев жәмийетлик бирлеспеси қасында Аутизм ҳәм Даун синдромына шалынған балалардан дүзилген “Қуяш нурлары” қосық ҳәм аяқ ойын ансамбли тәрепинен концерт бағдарламасы қойып берилди.
Онда Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы С.Данияров қатнасып, “Қуяш нурлары” қосық ҳәм аяқ ойын ансамбли жәмәәтин қутлықлап, оларға өз миннетдаршылығын билдирди.
Соң ансамбил жәмәәти тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы тамашагөйлер нәзерине усынылды.
Видео: YouTube
Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы
Отправить комментарий
Отправить комментарий