2024-жыл 3-январь күни Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасында мәжилис өткерилди.

Мәжилис күн тәртибиндеги мәселелер бойынша дәслеп 2023-жылда әмелге асырылған жумыслар, жол қойылған қәте-кемшиликлер сын көз-қарастан көрип шығылды ҳәм искерлиги даўамында қәте-кемшиликлерге жол қойған хызметкерлерге қатаң ескертиў берилди.

Соң Басқарма ҳәм “Инсан” социаллық хызметлер орайлары тәрепинен 2024-жылда әмелге асырылыўы зәрүр болған жумыслар белгиленип алынды.

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы