Усы жылдың 13-январь күни Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери шөлкемлестирилгенлигиниң 30 жыллығы ҳәмде Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсабети менен Өзбекстан Республикасы герең-сақаўлар жәмийети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими ҳәм Харезм ўәлаяты командалары қатсында киши футбуль түри бойынша жарыс шөлкемлестирилди.

– Бүгинги спорт жарысынан сондай нәтийжени көрип, бизиң герең-сақаўлар жәмийетиниң ағзалары болған жасларымызды спротға жүдә оннанда көп балаларды қамтып алыўы керек екенлигин, ҳәм буларды турақлы спорт пенен шуғулландырыў кереклиги түсинип жеттик. Енди алдағы ўақытта буларды спорт пенен шуғулландырыўға жүдә үлкен өзлеримиздиң күшлеримизди саламыз дейди, – Майя Бекниязова Өзбекстан Республикасы герең-сақаўлар жәмийети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими баслығы.

Жеңилпазлар шөлкемлестириў тәрепинен хошаметленди.

Видео: YouTube

Саламат Авезов,
Нөкис қаласы.