Майыплығы болған шахсларды реабилитациялаў ҳәм протезлеў орайына қосымша үскенелер алып келинди. Бүгинги күнде елимизде медицина тараўына айрықша итибар қаратылып, буннан тийкарғы мақсет халықтың саламатлығын беккемлеў ушын қолайлы шараятлар жаратыўдан ибарат.

Сол мақсетте Нөкис районы Ақмаңғыт посёлка пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан Майыплығы болған шахсларды реабилитациялаў ҳәм протезлеў орайына Россия мәмлекетинен наўқаслардың тез аяққа турып кетиўи ушын хызмет қылатуғын заманагөй әсбап-үскенелер алып келинди.

Сондай-ақ, орайға Президентимиздиң қарары тийкарында 8 млрд. 980 млн сўм қаржы есабынан қосымша жаңа имарат қурылмақта. Ҳәзирги ўақытта қурылыс жумыслары жуўмақланыў алдында тур.

Бул қосымша имараттың қурылыўы менен майыплығы болған шахсларға бир қатар қолайлы шараятлар жаратылады. Имарат ишинде лифт, операcия блогы ҳәм наўқаслардың емлениўи ушын қосымша арнаўлы койкалар орын алған.

Орай алдын 50 орынға мөлшерленген болса, қурылыс жумысларынан соң 100 орынлық сыйымлыққа ийе болады ҳәм соның менен бирге барлық зәрүр медиcиналық әсбап-үскенелер менен тәмийинленеди, – дейди орай бас шыпакери Г.Юлдашов.

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы