2024-жыл 17-январь куни Хожели районлық 6-санлы  айырым пәнлерди тереңлестирип оқытатуғын класслары бар улыўма билим бериў мектеби мәжлислер залында Өзбекстан Төрешилик Судлары Ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы филиалының “Ҳуқуқый мәлимлеме жолында” атамасындағы мәмлекетлик грант жойбарын әмелге асырыў шеңбериндеги мәкән пухаралар жыйынлары ўәкиллериниң хуқуқый көникпелерин арттырыў мақсетинде шөлкемлестирилген семинар-тренинги болып өтти.

Семинарға Хожели районының 28 мәкән пухаралар жыйынлары баслықлары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери ҳәм Ғалаба хабар қураллар ўәкиллери қатнасты.

Бул жойбар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси жанындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқада институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фондының қоллап-қуўатлаўы нәтийжесинде әмелге асырылмақта.

Дерек: Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы
Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими