Мәмлекетимизде майыплығы болған адамлардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў, олардың саламатлығын беккемлеў, социаллық қоллап-қуўатлаў бойынша барлық мүмкиншиликлер ҳәм де ҳуқықый кепилликлер жаратылған.  Әсиресе, соңғы жыллар даўамында, майыплығы болған адамлардың ҳуқық ҳәм мәплерин тәмийинлеўге қаратылған бир қатар нызам ҳәм нызамасты ҳүжжетлери қабыл етилген болып, майыплығы болған адамлардың ҳуқық ҳәм мәплерин тәмийинлеў және де кепилликленип атыр.

Өзбекстан Республикасының 2020-жыл 15-октябрдеги “Майыплығы болған адамлардың ҳуқықлары ҳаққында” ғы Өзбекистан Республикасы Қарары 641-санлы нызамы қабылланды.

Бул нызам менен, елимизде майыплығы болған адамлардың қәдир-қымбатын, олардың ғәрезсизлигин, таңлаў еркинлигин ҳүрмет етиў, майыплық белгисине көре кемситилиўине жол қоймаў, инсанның ҳуқық ҳәм еркинликлерин әмелге асырыўдағы имканиятлар теңлиги, майыплығы болған балалардың раўажланып атырған қәбилетин ҳәм өз индивидуаллығын сақлап қалыў ҳуқықын ҳүрмет етиў сыяқлы ҳуқықлары беккемленип қойылды.

Буннан тысқары, Нызамның 6-статясында майыплығы болған шахсларға салыстырғанда ҳәр қандай ажыратып қойыў, эсаптан шығарыў, шетлетиў, шеклеў ямаса абзал көриў, майыплығы болған адамлардың хызметлерден пайдаланыўы ушын шәрт-шәраятлар жаратыў жолы менен тәмийинленип қойылған. Соның менен Өзбекстан Республикасы Конституcиясиниң 19-статясында Өзбекстан Республикасында барлық пуқаралар бирдей ҳуқық ҳәм еркинликлерге ийе болып, жынсы, ырқы, миллети, тили, дини, социаллық келип шығыўы, шахсына қарамастан, нызам алдында теңлиги ҳаққында жазылған.

Жуўмақлап айтқанымызда, мәмлекетимизде майыплығы болған адамлардың ҳуқық ҳәм мәплерин тәмийинлеў социаллық-экономикалық тараўларда, соның менен бирге жәмийет турмысында оның басқа ағзалары менен тең түрде қатнасыў ушын кең мүмкиншиликлер жаратыўды кепиллейтуғын Бирлескен миллетлер шөлкеминиң ҳәмме тәрепинен тән алынған Инсан ҳуқықлары бойынша Конвенциясына уйғын түрде беккем ҳуқықый база жаратылған десек, қәтелеспеген боламыз.

Бекпулат Авазметов,
Мәмлекетлик хызмет көрсетиў орайы баслығы
2-дәрежели әдиллик мәсләҳәтшиси
Төрткүл районы әдиллик бөлими.