Қараөзекли жас Мийрас Тилепов Президент Қарары тийкарында Қараөзек районы “Есим” мәҳәллесинде “Жаңа Өзбекстан” массивинде қурылған көп қабатлы турақ жайлардан барлық қолайлықларға ийе бир ханалы жай менен тәмийинленди.

Турақ жайды салтанатлы тапсырыў илажына Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы С.Данияров, район ҳәкими У.Утамбетов ҳәм сектор басшылары қатнасып, М.Тилеповқа турақ жайының гилтин тапсырды ҳәм өзлериниң жақсы тилеклерин билдирип өтти.

“Бүгин мениң өмиримдеги умытылмас күн болды. Президентимизге өз миннетдаршылығымды билдиремен ҳәм келешекте мәмлекетимиз раўажланыўына билимим ҳәм мийнетим арқалы өз үлесимди қосаман” – дейди М.Тилепов.

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы