2024-жыл 12-февраль күни Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасында өткерилген мәжилисте “Инсан” орайларының алып барып атырған жумыс ҳалаты, мүрәжатлар менен ислесиў, социаллық напақалардың тайынланыў жағдайлары ҳәм кекселер, майыплығы болған шахслар, урыс ҳәм мийнет ветеранларына санаторий ушын жолламалар бериўди жетилистириў мәселелери додаланды.

Дәслеп жоқарыда атап өтилген мәселелер бойынша кемшиликлер айтылған болса, буннан соң бул бағдарларда алып барылып атырған жумысларды еле де жетилистириў бойынша тапсырмалар берилди.

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы