2024-жыл 15-февраль куни Нөкис қалалық 8-санлы улыўма билим бериў мектеби мәжлислер залында Өзбекстан Төрешилик Судлары Ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы филиалының “Ҳуқуқый мәлимлеме жолында” атамасындағы мәмлекетлик грант жойбарын әмелге асырыў шеңбериндеги мәкән пуқаралар жыйынлары ўәкиллериниң хуқуқый көникпелерин арттырыў мақсетинде шөлкемлестирилген семинар-тренинги болып өтти.

Семинарға Нөкис қаласының 71 мәкән пуқаралар жыйынлары баслықлары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери, ғалаба хабар қураллар ўәкиллери ҳәм Mehrtilsimi.blogspot.com – Социаллық-ҳуқықый сайты редакторы, “Disability Rights” – Майыплығы болған шахслар ҳуқықы Арнаўлы топламы телеграм каналы тийкаршысы еркин эксперт Саламат Авезов қатнасты.

Семинар даўамында мәкан пуқаралар жыйыны баслықларын қызықтырған ҳәр қыйлы социаллық ҳәм турмыслық сораўларына жойбар тренерлери тәрепинен жуўаплар берилди.

Бул жойбар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси жанындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқада институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фондының қоллап-қуўатлаўы нәтийжесинде әмелге асырылмақта.

Видео: YouTube

Дерек: Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы
Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими