Жәмийетте ҳуқықый аң ҳәм мәдениятының қәлиплесиўи бойынша ҳуқықый руўхый-ағартыўшылық таңлаў ҳәм ушырасыўларды кеңейттириў, халқымыздың ҳуқықый билим ҳәм көнликпелерин еле де жетилистириў, пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтлар, социаллық қорғаўға мүтәж пуқаралардың ҳуқықый саўатқанлығын асырыў ҳәм де ҳуқықый жәрдем көрсетиў мақсетинде Өзбекстан Төрешилик Судлары Ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы филиалының “Ҳуқуқый мәлимлеме жолында” атамасындағы мәмлекетлик грант жойбарын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси жанындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды тәрепинен жеңип алған еди.

Пуқаралардың мәмлекетлик ҳуқық ҳаққындағы тийкарғы билимлерди ийелеп алыўлары, әмелдеги норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳаққындағы түсиниклерди талқылалаў ҳәм де олардан туўры пайдаланыўы мақсетинде Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими ағзалары ҳәм ўәкиллериниң хуқуқый саўатханлығын арттырыў хәм майыплығы болған шахслар ушын шығарылған нызамшылықтағы жаңа қарар ҳәм пәрманлар менен кең түрде таныстырыў мақсетинде семинар-тренинг шөлкемлестирилди.

Майыплығы болған шахслардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў, олардың саламатлығын беккемлеў, социаллық қоллап-қуўатлаў бойынша бәрше имканиятлар ҳәм де ҳуқықый кепилликлерин қорғаў бойынша соңғы 5 жыл ишинде 60 тан аслам нызам қабыл етилди. Усы назамлардың тийисли тәртипте орынланыўы ушын бәрше шөлкемлер өз-ара шерикликте ислесиўди жолға қойыуы тийис, – дейди Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими баслық орынбасары Ж.Ганиев.

Мәмлекетимизде усы сыяқлы алып барып атырған реформалар, майыплығы болған шахслардың ҳуқықларыны тәртипке салыў, олар ушын жәмийет өмириниң бәрше тараўларында кемситилместен, жәмийеттиң басқа ағзалары менен тең рәўиште қатнасыўлары ушын имканитлар жаратылыўы нәзерде тутыўшы инсанның тийкарғы ҳуқық ҳәм еркинликлерине әмел етилиўине тийкарланған.

Саламат АВЕЗОВ,
Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими қәнигеси.

Дерек: «Қарақалпақстан жаслары»
29-февраль, 2024-жыл. №9 (8285)