2024-жыл 29-февраль күни Нөкис қаласы «Шымбай Шайхана» мәкан пуқаралар жыйыны мәжлислер залында Өзбекстан Төрешилик Судлары Ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы филиалының “Ҳуқуқый мәлимлеме жолында” атамасындағы мәмлекетлик грант жойбарын әмелге асырыў шеңберинде Нөкис қаласы «Шымбай Шайхана» мәкан пуқаралар жыйыны турғынлары ҳәмде «Ҳаяллар дәптери»не кирген ҳаял-қызлар менен ушырасыў шөлкемлестирилди.
Ушырасыў даўамында халықты қызықтырған ҳәр қыйлы социаллық ҳәм турмыслақ сораўларына жойбар тренерлери тәрепинен жуўаплар берилди.
Бул жойбар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси жанындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқада институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фондының қоллап-қуўатлаўы нәтийжесинде әмелге асырылмақта.
Дерек: Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы
Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими
Отправить комментарий
Отправить комментарий