Бүгинги қаҳарманымыз Шымбайлы Жаңабай уста Сапаров. Ол Шымбай районының “Гүжимли” мәҳәллесинде жасайды.

Бир қолының толық ислемеўине қарамастан, бүгинги күнде ағаш усташылығы менен шуғылланады. Үй-руўзыгер буйымлары, өзгеше көриниске ийе стол-стулларды ислеп Шымбай базарын толтырып келмекте.

“Қолымның усындай ҳалға түсип қалған дәслепки күнлери мен ушын оғада аўыр болды, усташылығымды даўам еттире алмайман деп ойладым. Бирақ мен олай қылмадым, ҳәрекет еттим, бир қолым менен болса да сол нәрселерди ислеўге еристим. Ҳәзир бәри жақсы”, – дейди қаҳарманымыз.

Видео: YouTube

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы