2024-жыл 2-февраль күни Нөкис қаласы Опера ҳәм бақсышылық көркем өнер мектеп-интернаты концерт залында Пуқаралық басламаларды қоллап-қуўатлаў орайы Қарақалпақстан аймақлық бөлими тәрепинен әмелге асырылған “Көзи әззи инсанлардың дүньяны үйрениў имканияты” атамасындағы мәмлекетлик социаллық буйыртпасы шеңберинде Нөкис қаласы 10-санлы “Нурлы мәкан” мектеп-интернатының оқыўшылары арасында өткерилген «Ким Брайль Дисплейди жақсы меңгерди?» атамасындағы конкурсы жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими хәм концерт бағдарламасы көтериңки руўхта өткерилди.
Сыйлықлаў мәресимине Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министри орынбасары М.Шлымбетова, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси жанындағы Жәмийетлик фонды қәнигеси А.Сапаров, Өзбекстан Республикасы көзи әззилер жәмиети Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығы Қ.Шарапов, Өзбекистан мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими баслығы Қ.Каримхожаев, 10-санлы Республикалық қәнигелестирилген “Нурлы мәкан” мектеп-интернаты жәмәәти, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм де ғалаба хабар қураллар ўәкиллери жәми 150 адам қатнасты.
Дерек: Өзбекистан мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми
Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими
Отправить комментарий
Отправить комментарий