2024-жыл 7-февраль күни Нөкис қаласы «Дослық үйи» киши конференц-залында Өзбекстан Төрешилик Судлары Ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы филиалының “Ҳуқуқый мәлимлеме жолында” атамасындағы мәмлекетлик грант жойбарын әмелге асырыў шеңберинде Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими ағзалары ҳәм ўәкиллериниң хуқуқый саўатханлығын арттырыў хәм майыплығы бар инсанлар ушын шығарылған нызамшылықлар менен таныстырыў мақсетинде шөлкемлестирилген семинар-тренинг болып өтти.

Семинарға Нөкис қаласында жасаўшы майыплыға бар инсанлар, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери ҳәм ғалаба хабар қураллар ўәкиллери жәми 30 адам қатнасты.

Бул жойбар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси жанындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқада институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фондының қоллап-қуўатлаўы нәтийжесинде әмелге асырылмақта.

Видео: YouTube

Дерек: Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы
Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими