Хожели районында "Инсан" социаллық хызметлер орайы хызметкерлери ушын семинар-тренинг болып өтти.

Президентимиздиң 01.06.2023-жылғы "Халыққа сапалы социаллық хызмет ҳәм жәрдем көрсетиў ҳәмде оны нәтийжели қадағалаў системасын жолға қойыў бойынша комплексли ис-илажлар ҳаққында"ғы ПП-82-санлы Пәрманына муўапық Хожели раёнында "Инсан" социаллық хызметлер орайы шөлкемлестирилген еди.

Орайдың искерлигин еледе раўажландырып, социаллық қорғаў системасы хызметкерлериниң билимин асырыў арқалы нәтийжели жолға қойыў мақсетинде 2024-жыл 14-февраль күни Хожели районында Социаллық қорғаў миллий агентлиги системасындағы тараў хызметкерлерине семинар-тренинг шөлкемлестирилди.

Тренинг бағдарламасында қатнасыўшыларға тренерлер тәрепинен соcиаллық ис тараўы, кейс менеджмент әмелияты, ҳәр қыйлы комплекс баҳалаў ҳәм соcиал хызметлерди шөлкемлестириў модуллери тийкарында заманагөй методлар оқытылды.

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы