2024-жыл 23-феврал күни Нөкис қалалық 10-санлы"Нурлы мәкан" мәмлекетлик мектеп-интернатында әмелий пәнлер метод бирлеспеси оқытыўшылары жоқары класс оқыўшыларына қол өнер сырларын үйрениў бойынша көргизбели ушырасыў кешесин шөлкемлестирди.

Бул илажда "Өнермент бирлеспеси" Қарақалпақстан Республикасы басқарма қәнигелери З.Султамуратова, Д.Тәжибаевалар қыз балаларға шығындылардан көргизбели затлар жасаўды үйретти.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети көркем-өнер факультети көркем гүлалшылық қәнигелиги 3-басқыш студенти С.Алламбергенов ер балаларға гүлалшылық сырларын үйретти. Оқыўшылар өз қоллары менен лайдан ғүзе ҳәм тағы басқа затлар жасап үйренди.

Мектеп-интернатымазда бундай ушырасыўлар өткерилип турыўы оқыўшылардың өнерге қызығыўшылығын арттырады.

Дерек: 10-санлы "Нурлы мәкан" мектеп-интернаты