2024-жыл 15-февраль күни Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театрында Аўғанстанда болып өткен әскерий ҳәрекетлер жуўмақланғанлығының 35 жыллығына бағышланған салтанатлы илаж болып өтти.

Оған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Ш.Өтемисов,Өзбекстан «Ветеран» жаўынгер-ветеран ҳәм майыплар бирлеспесиниң Қарақалпақстан бөлими ўәкиллери, Аўғанстандағы әскерий ҳәрекетлердиң қатнасыўшылары болған жаўынгер-ветеранлар менен кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Елимизде әскерий хызмет абыройын асырыўдағы үлкен хызметлери, тынышлық ҳәм турақлылықты беккемлеў, жасларды Ўатанға садықлық руўхында тәрбиялаўдағы қосқан мүнәсип үлеси сондай-ақ, Өзбекстан "Ветеран" жаўынгер ҳәм майыплар бирлеспеси шөлкемлестирилгенлигиниң 30 жыллығы ҳәм де Бурынғы совет әскерлериниң Аўғанстан аймағынан алып шығылғанлығына 35 жыл толыўы мүнәсибети бир топар Өзбекстан "Ветеран" жаўынгер ҳәм майыплар бирлеспеси ағзалары Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиум Қарары менен "Ўатан пидайысы" көкирек белгиси ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

Салтанатлы илаж республикамызға белгили көркем өнер шеберлери, жас талант ийелериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Дерек: Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги