2024-жыл 15-март күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Экономика факультети студент-жаслары Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасында болды.

Дәслеп студент-жасларға Агентлик, оның тийкарғы ўазыйпалары ҳәм Басқарма тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша кең түрде түсиниклер берилди.

Соң Басқармада искерлик көрсетип атырған хызметкерлер ҳәм олардың ўазыйпалары, сондай-ақ Нөкис қаласы “Инсан” социаллық хызметлер орайы ҳәм ол жерде халқымызға көрсетилип атырған хызмет түрлери менен таныстырылды.

Студент-жаслар қәнигелер тәрепинен өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы