2024-жыл 25-март күни Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасында өткерилген мәжилиске район (қала)лардағы “Инсан” социаллық хызметлер орайы директорлары қатнасты.

Күн тәртибинде Мүбәрек Рамазан айы даўамында социаллық қорғаўға мүтәж халық қатламларын қоллап-қуўатлаў, жетим ҳәм ата-ана қарамағынан айрылған балаларды үй-жай менен тәмийинлеў, мийнетке жарамлы майыплығы болған шахслардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша алып барылып атырған жумыслардың есабаты тыңланды.

Соң Өзбекстан миллий Паралимпия комитети Қарақалпақстан Республикасы бөлими атқарыўшы директоры И.Рузибаев тәрепинен майыплығы болған шахсларды параспортқа қамтыў, мәҳәллелердеги физикалық имканияты шекленген ҳәм майыплығы болған жаслар ортасында “Бес баслама паралимипиадасы” спорт жарысларын өткериў бойынша презентациясы усынылды.

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы