Нөкис қалалық 10-санлы "Нурлы мәкан" мектеп-интернатында "8-март – Ҳаял-қызлар байрамы" мүнәсибети менен мектеп-интернат Ҳаял-қызлар шөлкеми тәрепинен ҳаял-қызлар арасында спорттың велотур ҳәм футбол түри бойынша жарыс шөлкемлестирилди.

Спорттың велотур жарысында сыйлы 1-орынды А.Жолмурзаева, 2-орынды З.Режепова, 3-орынды Г.Жаңабергеновалар ийеледи, ал футбол ойынынан болса 1-орынды Тәрбияшылар, 2-орынды Техник хызметкерлери, 3-орынды оқытыўшылар ийеледи ҳәм қатнасыўшылар сыйлы саўғалар менен сыйлықланды.

Дерек: 10-санлы "Нурлы мәкан" мектеп-интернаты