Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен район қалалардағы “Инсан” социаллық хызметлер орайларында дизимге алынған майыплығы болған шахслар ушын электр моторлы кресло-арбашалар берилди.
Заманагөй үлгидеги бул арбашалар Қытай мәмлекетинде ислеп шығарылған болып, өзинде жүдә көп функция ҳәм қолайлықларды жәмлестирген.
Мағлыўмат орнында, бундай түрдеги арбашалар аймақлық социаллық-медициналық эксперт комиссияларының жуўмағы менен бериледи.
Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы
Отправить комментарий
Отправить комментарий